ҚОҢЫРАТТА ТАЗАЛЫҚ ҲӘМ АБАДАНЛАСТЫРЫЎ АЙЛЫҒЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамын мүнәсип күтип алыў ушын районымыз бойлап қызғын таярлықлар кɵрилмекте.

Бүгин район ҳәкимлиги мәжилислер залында аймақларда абаданластырыў жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы ислеўди шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти. Оған район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм тараўға байланыслы мәкеме-шөлкемлер басшылыры қатнасты.

Район ҳәкими мәжилис даўамында аймақларда абаданластырыў жумысларына немқурайлық пенен қараған айырым мәкеме-шөлкемлер басшыларын сынға алып, қоршаған-орталықты асыраў мәселелери бойынша бир неше мәкеме басшыларын ескертти ҳәм ислениўи лазым болған жумыслар бойынша анық тапсырмалар берди.

Мәжилис жуўмағында айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслардың мәнзилли дизимлери қәлиплестирилип, жуўапкерлер бириктирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content