Ҳүрметли районымыз турғынлары!

Усы жылдың 30-август күни саат 18:00 де Қоңырат районы ҳәкимлиги алдындағы Ғәрезсизлик майданшасында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланған «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени астында байрам илажы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Байрам илажында елимизге белгили қосықшылар ҳәм районымыздың көркем-өнер ғайраткерлери атқарыўында миллий қосықларымыз жыйналғанларға инәм етиледи.
Усы мүнәсибет менен бәршеңизди байрам илажына мирәт етемиз!

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

Skip to content