Азат Казаков басшылығындағы волейболшы қызлар командасы Азия Челлендж кубоги жарысларын жеңис пенен баслады

Усы жылдың 22-28-май күнлери аралығында Непал пайтахты Катманду қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында Азия Челлендж кубоги жарыслары болып өтпекте.

Халықаралық жарысқа спорт ветераны Азат Казаков бас тренерлигиндеги θзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстан Республикасынан – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери Гүлмира Қулымбетова, Надира Рейимбаева, Гүлбазар Нуранова, Азиза Жолдасбаевалар қатнаспақта.

Жарыстың дәслепки күни Өзбекстан сайланды командасы Шри-Ланка менен ойнады ҳәм 3:0 есабында қарсыласларынан толық қолы бәлент келди.

Келеси турларда команда Малдив ҳәм Қазақстан командалары менен жарысқа түседи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

Skip to content