Усы жылдың 25-30-март күнлери Наманган ўәлаятында 2007-жылы туўылған жаслар арасында (U-16) футзал бойынша “Спорт мектеплери футбол лигасы” Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Итибарлысы, өткерилген жарыста Қарақалпақстан сайланды командасы биринши орынды қолға киритип, Өзбекстан чемпионы атанды.
U-16 Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Қоңырат районы спорт мектебинен 3 футзалшы бар.
Муратбаев Қуўаныш 52-мектеп оқыўшысы,
Режепов Данияр 37-мектеп оқыўшысы,
Наметжанов Ҳайрулла 50-мектеп оқыўшысы.
Спорт мектеби футбол тренери Х.Ешниязов.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети