⚡️Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги алпысыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкими орынбасарлары, сиясий партиялар, мекеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.Сессияны халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды,Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық суды, Қоңырат районлар аралық экономикалық суды, Қоңырат районы прокуратурасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Ⱪоңырат районындағы халық қабыллаӯханасының 2023-жылдың екинши шереги даýамында алып барған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.Сондай-ақ,сессия күн тәртибинде районлық Ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәӯипсизликти тәмийнлеý, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша есабаты,Қоңырат районының жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлер режесине өзгерислер киргизиý хаққындағы қаржы бөлиминиң мәлимлемеси,Абаданластырыý басқармасының 2023-жылдыӊ 2-шерегинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есабатлары тыӊланды.
Сессияда Өзбекстан саӯда-санаат палатасыныӊ район аймағындағы ҳәрекетсиз кәрханаларды үйрениӯ жуӯмақларын талқылаӯдыӊ нәтийжелери ҳаққындағы баянаты додаланды.
Күн тәртибиндеги ҳәм турақлы комиссиялар тәрепинен билдирилген усыныслар жүзесинен басқа да мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
.