РАЙОН ҲӘКИМИНИҢ ЖЕКЕ ҚАБЫЛЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ

Халықтың мүражатларын тыңлаý,пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыý бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта. Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.Кабыллаўға келген пуқаралар материаллық ҳәм медициналық жәрдем, кредит қаржыларын ажыратыў,бәнтлик,жолларды оңлаý сыяқлы машқалалары  менен район ҳәкимине мүрәжат етти.Мүрәжатлар тийислилигинше үйренилип, олардың қысқа мүддет ишинде орынланыўы бойынша тараў басшыларына бир қатар тапсырмалар берилди ҳәм район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.‌‌

Skip to content