Өзбекстан Республикаси Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен районымызда “Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!” сүрени астында руўхый ағартыўшылық фестивалы көтеринки руўхта болып өтти.
Бүгин күнниң екинши ярымында “Жаслық” ППЖ аймағында өткерилген фестивалда Республикамызға белгили болған мәденият тараўы ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Илаж мийманлары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан эстрада жулдызлары, жазыўшы ҳәм шайырлар салтанатлы түрде күтип алынды.
Илаж даўамында тынышлық, татыўлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы халқымызға тән болған ең ағла пазыйлетлер ҳаққында ɵткерилген сәўбетлесиўден соң, мәденият тараўы хызметкерлериниң атқарыўындағы саз ҳәм қосықлар жыйналғанларға кеўилли кейпият инәм етти.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети