Жәрдемге мүтәж 250 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тарқатылды

Мәмлекетимизде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, үлкен итибар қаратылмақта.

Быйылғы “Қурбан ҳайт” байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў Министрлиги тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқатлық өнимлер тарқатылды. Азық-аўқат өнимлериниң районымызға ажыратылған бөлими Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен 250 шаңараққа жеткерип берилди.

Skip to content