Киши көлемли кемелер дегенимиз — тийкарғы двигателлериниң қуўатлылығы 55 кВт (75 ат күши) ҳәм 12 пуқарадан көп болмаған жолаўшы сыятуғын өзи жүрер кемелер, көтерме моторлы кемелер, суў мотоцикллары (гидроцикллар), жүк көтериў қәбилети 80 регистр тоннадан артық болмаған өзи жүрер кемелер (ескекли қайықлар ҳәм суў велосипедлери), желкенли кемелер ҳаўа басымы менен толтырылатуғын яки жел берилетуғын моторсыз ескекли кемелер болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-август күнги “Киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы 484-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында киши көлемли кемелерди дизимнен ҳәм техник көриктен өткериў қағыйдалары тастыйықланды.
Қағыйда талапларына муўапық физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен киши кѳлемли кемелер сатып алынғанда техник жағдайына қарамастан, дизимнен өткериў ушын тийисли аймақлық Айрықша жағдайлар басқармасына 30 күн ишинде мүрәжат етилиўи белгиленген.
Кемени дизимнен өткериўди Айрықша жағдайлар министрлигиниң “Киши көлемли кемелер” мәлимлеме системасы арқалы да әмелге асырыў мүмкин. Арза бир күн ишинде көрип шығылады. Соң, киши көлемли кеме дәслепки техник көриктен өткериледи ҳәм кеме билети ҳүжжетлестириледи.
Кемелерди дизимнен өткериў ушын төмендеги төлемлер өндириледи:
моторлы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) – базалық есаплаў муғдарының 20 проценти;
моторсыз киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) – базалық есаплаў муғдарының 10 проценти;
кеме билети дубликатын бериў базалық есаплаў муғдарының
10 проценти муғдарында.
Дизимнен өткерилмеген кемелерден пайдаланыў қадаған етиледи.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң ХI-бап 119-статьясына муўапық киши көлемли кемелер мәмлекетлик инспекциясы қадағалаўындағы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыў қағыйдаларын бузғанлық ушын –
пуқараларға ең кем ис ҳақының оннан бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекем, юридикалық шахсларға – екиден бир бөлегинен бир есеси муғдарында жәрийма салыўга себеп болады.
Ҳүрметли физикалық ҳәм юридикалық шахслар өзиңизде бар болған киши көлемли кемелерден нызамлы ҳәм қәўипсиз рәўиште пайдаланыў ҳәмде суў қәўиплеринен пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў мақсетинде, киши көлемли кемелериңизди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен мәмлекетлик дизимнен ҳәм техникалық тексериўден өткериўиңизди соранамыз.