Сораўға Қоңырат районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси Г.Дошанова жуўап береди:
Өзбекстан Республикасының Салық кодексиниң 75- статьясында “Салық төлеўшилердиң айырым топарларына басқа салық төлеўшилерге салыстырғанда салық ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған үстинликлер, соның ишинде салықты төлемеў ямаса оларды кемирек муғдарда төлеў имканияты салық жеңилликлери деп тән алынады” деп көрсетип өтилген. Усы кодекстиң 54- статьясында салық салынбайтуғын дәраматлар ҳаққында, 379-статьясында физикалық шахсларды салық салыўдан азат етиў ҳаққында, 380-статьясында айырым категориядағы (“Өзбекстан Қаҳарманы,” Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларына ийе болған шахслар, үш дәрежедеги “Шуҳрат” ордени менен сыйлықланған шахслар, урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ шеңбери нызамшылық пенен белгиленетуғын, оларға теңлестирилген шахслар, балалықтан майыплығы болған шахслар, сондай-ақ,1 ҳәм 2 топар майыплығы болған шахслар, бурынғы СССРды, Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин қорғаў ямаса әскерий хызметтиң ямаса ишки ислер уйымларындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясындағы хызметтиң басқа миннетлемелерин орынлаў ўақтында жараланыўы, контузия ямаса майып болыўы ақыбетинде ямаса фронтта болыў менен байланыслы кеселлик себепли қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм ишки ислер уйымлары, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлериниң ата- аналары ҳәм жесир ҳаяллары (жесир ерлери), еки ҳәм оннан артық он алты жасқа толмаған балалары бар жалғыз аналар еки ҳәм оннан артық он алты жасқа толмаған балалары бар ҳәм бағыўшысынан айырылғанлығы ушын пенсия алмайтуғын жесир ҳаял ҳәм жесир ерлер, балалықтан майыплығы болған шахс, турақлы күтимди талап ететуғын перзенти менен бирге жасап, оның тәрбиялап атырған ата яки ана) салық төлеўшилердиң жәми дәраматын кемейтиў ҳаққындағы жеңилликлери көрсетип өтилген.
Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып баратуғын исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги болған дәўирде:
пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке азайтылған ҳалда;
социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарындағы салық ставкасында;
жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленетуғын социаллық салық қалалар
аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленсин.
Онда, ири салық төлеўшилер, турақлы мекемелер, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, устав фондында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан көбирек болған юридикалық тәреплерге усы бәнтте белгиленетуғын жеңилликлер қолланылмайтуғынлығы көрсетип өтилген.