Ҳәзирги күнлерде орынларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары өзлери сайланған аймақларда сайлаўшылары менен ушыраспақта. Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратованың да сайлаўшылар менен ушырасыўының гезектеги мәнзили ең шетки районлардың бири болған Қоңырат районында шөлкемлестирилди. Халық ўәкилиниң дәслепки мәнзили социаллық тараў объектлеринен бири болған Қоңырат районында жаңадан бой тиклеген еки қабатлы медицина клиникасының ашылыў мәресими болды.
Ашылыў мәресиминде елимизде соңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы медицина тараўына қаратылып атырған итибар, ең бийбаҳа байлығымыз болған денсаўлықты беккемлеў, әсиресе, халықтың саламатлығын беккемлеў жолында исленип атырған жумыслар ҳәм ең шетки районлардың биринде әне усындай заманагөй имаратлардың бой тиклеўи бир тәрептен халықтың саламатлығын беккемлеўде ҳәм жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта. Буннан тыскары, депутат Гулжан Халмуратова кең жәмийетшилик ўәкиллерин мүбәрек Рамазан айы менен қызғын қутлықлап, барлық жақсы тилеклерин билдирип өтти.
Буннан соң халық ўәкили бул орайда наўқаслар ушын жаратылған қолайлылықлар, медицина хызметкерлериниң жумыс ислеўи ҳәм орайдың медициналық техникалық базасы менен танысты.
Үйрениўлер даўамында медицина мәкемесине қоңсы Қанлыкөл ҳәм Шоманай районларынан да келип, заманагөй УЗИ аппаратларынан тексериўден өтип атырғаны атап өтилди.
Халық ўәкилиниң кейинги мәнзили “Таллық” мәкан пуқаралар жыйыны болды.
Мәҳәлле халқы менен болған қызғын сәўбетлесиў даўамында депутат елимизде халықтың абаданлығын тәмийинлеў, тынышлықты сақлаў, ҳәр бир шаңарақ, пуқара менен ислесиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Буннан тысқары, халықты қыйнап киятырған машқалалар бойынша олардың мүрәжатлары, пикир ҳәм усыныслары да тыңланды.
Сайлаўшылардың аймақтағы ишимлик суўы, суйылтырылған газ, электр энергиясы, ишки жолларды оңлаў, бәнтлик сыяқлы оннан аслам мүрәжаты тыңланды ҳәм жуўапкерлердиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме додаланды.
Депутат тәрепинен көпшилик машқалалар усы жердиң өзинде районлық Кеңес депутатлары, мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте додаланып, ишимлик суў машқаласы усы жылы бағдарламаға киргизилиўи ҳәм жылдың ақырына шекем унамлы шешилиўи, ишки жолларды оңлаў мәселеси районлық Абаданластырыў басқармасы менен биргеликте шешилиўине келисип алынды.
Ушырасыў даўамында депутат ҳәм мәҳәлле арасындағы өз-ара бирге ислесиў турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүрлиги ҳәм халықтың бирде-бир мүрәжаты итибардан шетте қалыўы мүмкин емес екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Нызамшылық палатасының депутаты Гулжан Халмуратова районлық Кеңес депутатлары менен де ушырасты.
Сөйлесиўлер ўақтында партияның жергиликли Кеңес депутатларының жумысын кеңейтиў, жәмийетлик қадағалаў илажларын күшейтиў, социаллық тараўлардағы машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, үйрениўлер процесинде пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар тийкарында сессияларға мәселелер киргизип барыў, депутатлық сораўларды шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар мәселелер де итибардан шетте қалмады.
Гүлжан Халмуратова тәрепинен усы бағдарлар бойынша белсендиликти арттырыўға қаратылған бир қатар усыныслар берилди ҳәм Кеңес жумысын жеделлестириў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.