“Өтириктиң өмири қысқа”

Адамзат аңсат пул табыў жолында ҳəр қандай жеркенишли жумысларға қол урар екен. Бирақ, олар нызам алдында ҳәмме бирдей жуўап бериўи ҳəм ҳəр қандай жынаятлы қылмыс ушын жазаның бар екенлигин ҳеш естен шығармаўы керек.
1992- жылда Ташкент ўәлаятында туўылған, миллети өзбек, ақыл- еси жайында болған Умиджон Шухратович бир неше мəрте алдаўшылық жынаяты ушын судланып, азатлықтан айырыў жазасын өтеп шыққанлығына қарамастан, аңсат пул табыў үмитинде тағы тəкирарый жынаят ислеўге қол урды.
Ол 2024- жылда жалғыз тəртиптеги исбилермен ретинде жумыс искерлигин баслап, Ташкент ўәлаяты Орта Шыршық, Шиноз ҳəм Янгийул районларында “HARAMAN TOWER” туристлик агентлигин ашқан ҳəм пуқараларды “Умра зыяраты ” сапарына жибериў менен шуғылланыўды баслаған. Алдын пуқаралардың исенимине кириў мақсетинде бир неше шахсларды таныслары арқалы “Умра зыяраты” сапарына жиберген. Бул арқалы басқа пуқаралардың да исенимине кирип, тез пурсатта арзан баҳаларда “Умра зыяраты” сапарын шөлкемлестирип бериўи ҳəм керекли ҳүжжетлерди рəсмийлестириўде мəселелер болмайтуғынлығын айтқан. Сол мақсетте қәлбеки төлем квитанциялари ҳəм туризм агентлигиниң лицензияларын жасап, қыңыр ислерди əмелге асырған.
Солай етип, ол шама менен 100 ге жақын пуқаралардан “Умра зыяраты”ушын пул қаржыларын алып, телефон номерлерин өзгерткен ҳəм шет мəмлекетлерге қашып шығып кетиўди мақсет етип, жасаў орнынан қашып кеткен. Оған байланыслы пуқаралардан түскен арзаларға көре, қыдырыў жәрияланған. Усының себебинен шет елге рəсмий жоллар менен шығып кетиўдиң мүмкиншилиги жоқ екенлигин билсе де, алдаўшылық жынаятына қосымша Мəмлекет шегарасын бузып өтиў жынаятына қол урмақшы болған.
Арадан анағурлым ўақыт өтип, Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районының Казақстан мəмлекети менен шегаралас бөлими арқалы нызамға қарсы жоллар менен шегара сым тосықлары арқалы шығып кетиўге урынған ўақтында шегара əскерий хызметкерлери тəрепинен қолға алынған.

Бул пуқара Ташкент ўәлаяты жынаят жумыслары бойынша суды тəрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 223-статьясы (нызамға қайшы түрде шет елге шығыў ямаса Өзбекстан Республикасына кириў) ҳəм 168- статьясы (алдаўшылық ) менен айыплы деп табылып, 9 жыл мүддетке азатлықтан айырыў жазасы тайынланды.

Г.Каражанова.
Журналист

 

Skip to content