Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 5-октябрьдеги «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәмде оны нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6079-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы телекоммуникация инфраструктурасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 699-санлы қарары қабыл етилген. Усы Қарар менен аймақларда шийше талшықлы байланыс линияларын, сондай ақ кеӊ полосалы жалғаныў тармағын раўажландырыў, мобиль байланыс ҳәм тағы басқа заманагөй технологиялардан кеӊ пайдаланыў арқалы телекоммуникация инфраструктурасын және де раўажландырыў тийкарғы бағдарлар етип белгиленген.
Соған тийкарланып, “Өзбектелеком” АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепиннен Қоңырат районы аймағында 2024- жылдың өткен ярым жыллық дәўиринде жәми 105 объектлерге 39,5 км. узынлықтағы шийше талшықлы байланыс кабельлери тартылған. Район халқына жоқары тезликтеги телекоммуникация хызметлерин көрсетиў мақсетинде районның “Әдебият”, “Қаңлы”, “Өрнек” АПЖ аймақларына жәми сыйымлылығы 2048 портқа ийе “GPON” технологиясы тийкарында ислеўши телекоммуникация қурылмалары тазадан қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018 -жылдың 21- ноябриндеги ПҚ-4024-санлы Қарары менен белгилеп берилген ўазыйпалар шеңберинде Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы (“Ўзкомназорат” Инспекциясы) Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен “Өзбектелеком” АК Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ Қоңырат районында тазадан қурып питкерилген ҳәмде қабыллаў комиссиясына тапсырылған телекоммуникация объектлеринде қурылыс жумыслары белгиленген талапларға муўапық алып барылғанлығы бойынша үйрениў жумыслары өткерилди ҳәм тийисли көрсетпелер берилди.
Еслетпе! Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында көрсетилип атырған хызметлер сапасы бузылған жағдайда “Ўзкомназорат” Инспекциясыныӊ 1144 қысқа нөмерине мүрәжат етиўиңиз мүмкинлигин билдиремиз.
Рахат Ахымбетов.
“Ўзкомназорат” инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлими қәнигеси.