Мүрәжәт итибарсыз қалмайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 21-ноябрьдеги ПҚ-4024-санлы қарарына муўапық юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң почта байланысы, телекоммуникациялар ҳәм электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў мәселелери бойынша мүрәжәтларын нызам ҳүжжетлери тийкарында көрип шығыў, Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясының (“Ўзкомназорат” инспекциясы) тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленген.
“Халық мәмлекетлик органға емес, ал мәмлекетлик орган халыққа хызмет көрсетиўи керек” деген баслама тийкарында “Ўзкомназорат” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепиненде бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2024 жылдыӊ өткен тоғыз айы даўамында Республикамыз аймақларында өткерилген көшпели қабыллаўлар даўамында тутыныўшылар тәрепинен келип түскен 45 мүрәжәттан 41 мүрәжәт унамлы шешилип, қалған 4 мүрәжәт ийелерине ҳуқықый түсиниклер берилди.
Сондай ақ, “Ўзкомназорат” инспекциясы тәрепинен тараўдағы кемшиликлердиң алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген “1144” қысқа номерли “Исеним телефоны” арқалы жергиликли телефон байланыс хызмети бойынша 18 мүрәжәт, интернет хызмети бойынша 260 мүрәжәт, мобиль байланыс хызмети бойынша 113 мүрәжәт, почта байланыс хызмети бойынша 3 мүрәжәт, телерадиоеситтириў хызметлери бойынша 3 мүрәжәт ҳәм де баска мәселелер бойынша 3 мүрәжәт, жәми 400  мүрәжәтлер келип тускен. Келип түскен мүрәжәтлерден 367 мүрәжәт тутыныўшылардың пайдасына унамлы шешилип, қалған 31 мүрәжәт ийелерине ҳуқықый түсиниклер берилген ҳәм 2 мүрәжәт тийисли ўәкиллик органларына жиберилген.

Ҳүрметли тутыныўшылар! Сизде байланыс тараўында көрсетилип атырған хызметлер бойынша машқалалар пайда болса ямаса усы тараўдағы өзлериӊизди қызықтырған мәселелер бойынша “1144” қысқа номерли исеним телефоны арқалы ямаса аймақлық бөлимниң өзине тиккелей мүрәжәт етиў мүмкиншилигине ийе екениңизди билдиремиз.

Рахат Ахымбетов.“Ўзкомназорат” инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлими қәнийгеси.

Skip to content