Миллий айдаўшылық гүўалығын Мəмлекетлик хызметлер орайларында ҳəм аралықтан турып онлайн рəсмийлестириў имканияты барма?

Тийисли имтиханлардан өтип айдаўшылық гүўалығын алыў ушын тиккелей ўәкиликли мәкеме ИИББ ЖҲҚБ бөлимлерине мүрәжат етиў керек

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-майдағы 271-санлы қарарына тийкарланып, ИИББ ЖҲҚБ бөлимлери арқалы емес, Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы онлайн арза бериў ямаса тийисли Мəмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етиў арқалы жаңа үлгидеги гүўалық алыў имканияты жаратылған.

Имтиханлардан табыслы өткен талабанлар тəрепинен айдаўшылық гүўалығына уйден турып, БИМХП  (my.gov.uz) арқалы арза берилгенде Почта арқалы жеткерип бериў хызметин де таңлаўы мүмкин! Бунда БЕМның 70 пайызы муғдарында жыйым ҳəм де почта хызмети ушын (жеткерип бериў таңланғанда) төлем əмелге асырылады.

Почта хызмети тəрепинен таңланған мəнзил бойынша гүўалық жеткериледи ҳəм хызметкер тəрепинен арза бериўшиден тийисли ҳүжжетлер алып қалынады. Жеткериў имканиятынан пайдаланылмаған жағдайда арза жиберилген Мəмлекетлик хызметлер орайына келип гүўалықты алыў мүмкин. Бүгинги күнде жаңа үлгидеги айдаўшылық гүўалығын Нөкис қаласы Мəмлекетлик хызметлер орайынан алыўыңыз мүмкин.

Skip to content