✅ Салық кодексиниң 378-статьясына бола, пуқараның өзиниң, перзентлериниң ямаса өмирлик жолдасының кәсип-өнер мектеби, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алыўы (төлемли контракт тийкарындағы оқыўы) ушын төленген пулы дәрамат салығынан азат етиледи.
Яғный, контракт ушын төленген пулдың 12% салық ушын услап қалынбайды.
Пуқараларға салық жеңиллиги оқыў ушын төлемлерди төмендегилердиң есабынан төлегенде ғана бериледи:
✔️өзиниң пуллары;
✔️билимлендириў кредити (процентлери менен);
✔️юридикалық шахслар тәрепинен қайтарып бериў шәрти менен берилген пуллар (ссудалар).
Бирақ, юридикалық шахс (фирма) тәрепинен пуқараның билим алыўы ушын оқыў орынлары менен тиккелей дүзилген шәртнамалар бойынша пуллы-контракт тийкарында өткерилетуғын, усы юридикалық шахстың қәрежети болған пуллар суммасына салық жеңиллиги қолланылмайды.
Контрактты айлықтан төлегенде бухгалтерия арқалы туўрыдан туўры өткерип дәрамат салығынан азат болыў мүмкин.
Ал егер контракт пулын пуқараның басқа дәраматынан оқыў орны есап бетине пул өткериў арқалы төлегенде салық жеңиллиги жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған жағдайда бериледи.
✅ Салық жеңиллигинен пайдаланыў ушын жумыс орнындағы бухгалтерге ямаса салық уйымына төмендеги ҳүжжетлердиң нусқаларын усыныў керек:
✔️студент пенен оқыў орны ортасында дүзилген төлемли-контракт тийкарында оқытыў ҳаққында шәртнама;
✔️банктен билимлендириў кредитин алғанлығы ҳаққында шәртнама (егер билимлендириў кредити арқалы төлеп атырған болса);
✔️ оқыў орны есап бетине пул өткергенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер нусқасы (тек салық уйымына жыллық декларацияға қосып бериледи).
Мағлыўмат ушын: Жыллық декларация тапсырыў тәртиби