Қоңырат районы 1-сектор баслығы, район ҳәкиминиң пуқаралар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы райондағы ‘Ханжап” МПЖ да өткерилди.
Көшпели қабыллаўда пуқаралар бәнтлик, жолларды оңлаў, материаллық жәрдем алыў ҳәм басқа мәселелер бойынша район ҳәкимине мүрәжат етти.
Тийисли тараў ўәкиллери қатнасқан көшпели қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген 20 мүрәжат тийисли қәнигелер тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды қанаатландырыў
илажлары көрилди. Көшпели қабыллаўда мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырымларына нызамлы түсиндириў берилди. Мүддет ҳәм қаржы талап ететуғынлары болса тийисли жуўапкерлер тәрепинен үйренип шығылмақта.