“ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН” МАССИВИНДЕГИ ТУРАҚ ЖАЙЛАР ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Халыққа мүнәсип жасаў шараятларын жаратыў, инфраструктураны раўажландырыў мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында.Жақын тарийхта “Қус ушса қанаты, тай жүрсе туяғы күйетуғын” шөлистанлықта бой көтерип, бүгин абат мәканға айналған “Елабат” ППЖ аймағындағы “Жаңа Өзбекстан”массивиндеги заманагөй турақ жайлардың қурып питкерилиўи пикиримиздиң айқын дәлийли.Бүгин 168 хожалыққа мөлшерленген 7 көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды.Жаңа турақ жайлардың өз ийелерине тапсырылыўы  мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы илажда район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып, бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмыс кешириўи жолында алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтти.Буннан соң мийманлар жаңа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысты.Массивтеги үй жайлардың сапасы ҳәм баҳасы халқымыздың имканиятына сай келиўине айрықша итибар қаратылыўы үлкен әҳмийетке ийе.

 

Skip to content