Қоңырат районы сектор баслықлары район аймағында жасап, ҳәзир шет елге кеткен жаслар менен телеграм платформасы арқалы видеочатта сәўбетлести.
Сәўбет даўамында жаслар өзлериниң жумыс искерлиги ҳәм айлық дәраматы ҳаққында мағлыўматлар берди. Сектор баслықлары ҳәр бир жас пенен сәўбетлесип, олардың машқала ҳәм усынысларына жәрдем бериўге таяр екенлигин айтып өтти.
Жаслардың машқалаларын шешиў мақсетинде жуўапкер шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди.