Ғәлле жыйын-терим мапазы Қоңырат районында шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Ғәлле жыйын-терим мапазы Республикамыздың бәрше аймақлары қатары Қоңырат районында да шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Районымызда быйыл 124 фермер хожалықлары тәрепинен 2950 гектар майданға ғәлле егилген болып, жетилистирген дән өнимлерин өз ўақтында жыйнап алыў мақсетинде 11 отряд шөлкемлестирилди. Отрядлар тийисли техникалар менен толық тәмийинленип 11 комбайн жыйын-терим мапазына қатнаспақта. Соның менен бирге жыйналған дән өнимлерин шақапшаларға тасыў ушын 70 тан аслам жүк автомобиллери бириктирилди.
Ғәлле майданларда өрт ҳәм басқада кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ҳәр бир отрядқа ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери бириктирилген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети