Қоңырат Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында жайласқан 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилди. Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде өткерилген бул қабыллаўда мәрәжат етиўшилердиң шағымлары, усыныс ҳәм тилеклери үйренилип, шешимин табыў қадағалаўға алынды. Қабыллаўда халықтан жолларды оңлаў, коммуналлық хызмет сапасын жақсылаў, медициналық жәрдем, кредит алыў, бәнтлик сыяқлы мәселелер бойынша мүражатлар келип түсти. Бул мәселелердиң шешимин табыў ҳәм халыққа қолайлы турмыслық шараятлар жаратыў бойынша жуўапкерлерге зәрүрли тапсырмалар берилди.