Жас археологлар изертлеўлерди даўам еттирмекте

Қоңырат районы орайынан 15 км қашықлықта жайласқан “Бурахан ата” тарийхый естелиги Уллы жипек жолы бойындағы eски қалалардан бири болып, Ислам дини дереклеринде “Мадмина Хвонд Бурахан” атамалары менен аталып келген.

Бердақ атындағы ҚМУ ниң тарийх факультети археология кафедрасы профессор оқытыýшылары ҳәм 2-курс   студентлери “Бурахан”тарийхый орнында археологиялық изертлеý  жумысларын алып бармақта.
Өткен жылғы қазыý изертлеý жумыслары даýамында бул орыннан тарийхый гүзе (11-12-әсирлерге тийисли),тандыр (9-әсирге тийисли,)ecки араб жазыýлары жазылған сфероконуслар табылған еди.

Тарийхый объектлерде алып барылып атырган үйрениўлер жас архелоглардың тәжирийбелерин арттырыўға тийкар жаратады.

Skip to content