ПҲАЖ бөлими тәрепинен көшпели хызметлер көрсетилди

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың нәтийжесинде инсан қәдири жоқары қәдирият дәрежесине көтерилмекте.

Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен пуқараларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде орынларларға шыққан ҳалда көшпели хызметлерди көрсетиў жолға қоыйлмақта. Бул болса пуқаралардың аўырын-жеңил, узағын жақын қылыў менен бир қатарда пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин арттырмақта.

Әйне усы мақсетте Қоңырат районы ПҲАЖ бөлими тәрепинен орынларға шыққан ҳалда “Көшпели хызмет”лер көрсетиў жолға қойылды.

1-санлы ПҲАЖ бөлими хызметкерлери Қоңырат районы медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлиминде болып, жас аналарға перзентлериниң туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалықларын салтанатлы түрде тапсырды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content