Президентимиздиң итибары менен қарақалпақстанлы жасларға быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады

Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте.2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын 2023-2024-оқыў жылында мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылған еди.Пәрман менен қарақалпақстанлы 6500 жаслардың қосымша квота тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына окыўға кириўи ҳәм жоқары билим алыўы ушын имканият жаратылыўы белгиленген болып, быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады.

 

Skip to content