Сессияға районлық кеңес депутатлары, сектор баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияда Қоңырат районы сектор басшыларының 2024-жылдың I шереги даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, узақ мүддетке шет мәмлекетлерге шығып кеткен пуқаралар менен ислесиў ҳәм де «Сайхунобод» тәжирийбеси тийкарында жумыс алып барыў, «мәҳәлле жетилиги» жумысларын туўры шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабатлары тыңланды.
Сессияда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының Аметова Жамила Жәнибековнаны Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары -шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги көрип шығылып, бир аўыздан мақулланды.
Сессияда көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.