МӘРТЛИК-МӘҢГИЛИК

Төрдеги Ҳәсиретли ана –Ўатан тымсалы. Урыстан қайтып келмеген перзентин өмириниң ақырына шекем күтип “Сен бәрҳулла қәлбимдесең, жигербентим”деген созлерин бүгин Ана Ўатан болып, пүткил халық болып айтып турғандай …   Қоңырат район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор баслықлары, мийнет ветеранлары, аýған урысы қатнасыýшылары ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллери әскерий оркестр музыкасы астында Ҳәсиретли ана естелигине гүл шеңберлерин қойды ҳәм қанлы саýаш майданларында ерлик көрсетип қурбан болған  жерлеслеримизди еске алды. Пүткил инсаниятқа қәýип салып, әкени баладан, ананы перзенттен айырып, тарийхта өшпес из қалдырған Екинши жер жүзилик урыс бизиң елимизге де орны толмас ақыбетлерди алып келди. Бул урысқа районнан 3672 адам қатнасқан болса, соннан 2037 си  елге аман қуýысқан. Бүгинги әýладтың ашық аспанымыз ушын қурбан болған жерлеслеримизди мәңги есте сақлаý,мәртликлери алдында бас ийиý биз ушын ҳәм қарыз,ҳәм парыз.

 

Skip to content