Қоңыратлы пал ҳәрресин бағыўшы Мансур өзиниң кәсиби ҳаққында айтып берди.
Райондағы пал ҳәрресин бағыўшылар ушын пал жыйнаў мапазы ҳәўиж алды.Тәжирийбели ҳәрре бағыўшылардың айтыўынша, палдың пайдасы, сапасы, дәми пал ҳәррешилиги өнимлерин жыйнаў өз ўақтында ҳәм дурыс өткерилиўине байланыслы.
“Қаңлы” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Мансур өз өнериниң нәзик тәреплери менен бөлисти.
-Сизиң пал ҳәррешилиги менен шуғылланыўыңыз неден басланды?
-Пал ҳәррешилигин кексе жастағы бир танысымнан үйренгенмен. Өзим жасап атырған “Қаңлы” аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Алым Сәрсенбаевқа өз қызығыўшылығымды билдиргенимде, ол маған жеңилликли кредит алып үй алды қыйтақ жеримде пал ҳәрресин бағыўды жолға қойыўымды усыныс етти. Дәслеп төрт уядан баслаған болсам ҳәзир олардың саны 30 ға жетти.
-Сиз ҳәррелердиң усындай үлкен шаңарағына ийелик етеди екенсиз , әлбетте, олардың минез-қулқының да өзгешеликлерин билсеңиз керек?
-Әлбетте, пал ҳәррелери, ҳәттеки, адамнан да ақыллы. Олар бир -бири менен ҳәм ийеси менен де өз тилинде “сөйлесе алады”.
Мысалы, егер де пал ҳәрресиниң шаңарағында қандай-да бир машқала болса, олар ийесин шағып баслайды. Және де өзине тән “аяқ ойын”ы арқалы пал ҳәрреси өзиниң “ағайин”лерине ең мазалы ширеси бар гүллер қай жерде өсип турғанын қуяшты ҳәм қоршап турған тереклерди бағдарлап айта алады. Оларда ийис сезиў қәбилети оғада күшли , мыңлаған ийислер ишинен олар, өзлериниң уясының, шаңарағының ийисин таба алады. Ең баслысы олар өткир ийислерди жақтырмайды.
-Әдетте, үй жәниўарлары ийесине тәсир ете алады. Пал ҳәррелери сизге қанда тәсир көрсете алды? Сиз олардан нени үйрендиңиз?
-Әлбетте, мийнет сүйгишликке үйретти. Барлық тири жанзатлар сыяқлы, пал хәррелери де адамды жуўапкершиликли болыўға үйретеди.
Биз өзлеримиз қолға үйреткен жанзатларымыз ушын жуўапкермиз. Пал ҳәррелерине “бүгин маған дем алыс” деп айта алмайсаң. Жаўын жаўған ўақытта тәнепис болыўы мүмкин. Лекин қуяш көринди ме, сен бәрин таслап, ҳәррелер жайлаўына асығасаң. Және олар инсанды сабырлылыққа үйретеди. Турмыста тәшўишлер болып турады. Сондай пайытларда олардың уясын ашып қолыңа рамканы усласаң, тынышланып, бәрин умытасаң.
-Пал ҳәррешилигиниң өзине тән қыйыншылықлары да болса керек?
– Әлбетте, бул тараўдың машқалалары аз емес. Апрельдиң ақырынан баслап сентябрьдиң орталарына дейин барлық ўақтыңды пал ҳәррелерине қаратасаң, ал сентябрьден апрельге шекем жаңа мәўсимге таярлық басланады.
-Дәрамат қалай болып атыр?
-Дәрамат ҳәр түрли. Дийхандики жылда әрман дегениндей, бунда да ҳәр бир жыл өнимдарлы болып келе бермейди. Лекин шаңарағыма жетерли дәрамат киреди. Ҳәм ең баслысы пал ҳәррешилиги- бул тек бизнес емес, ал турмыс тәризи. Пал ҳәррелерин бақлаўдың өзи инсан қәлбине қәтержамлық ҳәм жыллылық инам ете алады.
Сәўбетлескен: Журналист Гүлистан Қаражанова