Aрзаларды қабыллаў басланды
Қәнигелиги бойынша 5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызларға ЖООына оқыўға кириў ушын усыныс бериледи.
Ҳүкиметтиң 09.06.2022 жыл күнги 322-санлы Қарары менен тастыйықланған қағыйдаға көре, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООына бөлек қабыллаў параметрлери (500 квота ) шеңберинде төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.
Бунда талабан Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекет комитетиниң усынысына ийе болыўы керек.
Усынысты алыў ушын талабан төмендеги талапларға туўры келиўи керек:
1) орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
2) усыныс алғанға шекем жоқары билимлендириў алмағанлығы ямаса алмай атырғанлығы;
3) орта арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў қәнигелиги бойынша 5 жыллық мийнет стажына ийелеўи.
Қарарда усыныс алыў ушын талабан турақлы жасаў ямаса ўақытша дизимде турған мәнзилиндеги район (қала ) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлерине ҳәр жылы 1 майдан 1 июньге шекем арза менен мүрәжат етиўи кереклиги көрсетилген.
Толық : https://wcu.uz/oz/lists/view/676