Абат Якубов “Санаат”мәкан пуқаралар жыйынында жасайды.
Бес жыл алдын кредит есабынан 1 сотыхтан зыят ықшам ғана ыссыхана қурып, помидор, қыяр,
чеснок жетистириўди баслады.-Үй алдымыздағы қыйтақ жеримиз кишкене, бар-жоғы 1,5 сотых,лекин оннан жылына еки мәрте зүрәәт аламыз,- дейди жасы 75 ти қарсылаған ҳажы ата. -Дәрамат та соған жараса. Негизинде бир сотых жери бар адам – бай адам. Мине,март айында еккен қыярды сатып басладық. “Излеген имкан табады” деген.Сәўбет даўамында оның қой-ешкилери, таўықлары да бар екенлигин көрип, расында да бул инсанға ҳәўесимиз келди.
Бул шаңарақтан қайтар екенбиз, билгенге қыйтақ жер ҳақыйқый ғәзийне екенлигине және бир мәрте исеним арттырдық.