“Саламатлық поезди” Қоңыратта

“Өзбекстан темир жоллары”АЖ ҳәм “Соғлом авлод учун” халық аралық қайырқомлық қоры тәрепинен шөлкемлестирилген саламатлық поезди Қоңырат районының ең шетки “Жаслық”хәм “Қарақалпақстан”посёлка пуқаралар жыйынларында жасаýшы халыққа қәнигелестирилген сапалы медициналық хызмет көрсетпекте.
Аймақ турғынлары жоқары маманлықтағы невропотолог, офтальмолог, травматолог, ЛОР, стоматолог, хирург, терапевт,
УЗИ-қәнигелер, сондай-ақ рентгенолаборантлар тәрепинен тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилип, емлеў -реабилитация жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, дурыс аўқатланыў, жеке гигиена, саламат турмыс тәризи бойынша үгит-нәсият жумыслары жүргизилмекте.

Skip to content