Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-январьдағы “Жасырын экономикаға қарсы гүресиў тараўында мәмлекет қадағалаўы механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-11-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде жасырын экономиканы қысқартыў, анықланған қосымша дереклерди мәмлекет бюджетине өндирилиўин тәмийнлеў, белгилеп берилген баслы бағдардағы жумысларды жеделлестириў ҳәм баҳалардың турақлылығын сақлаўға қаратылған илажларды көриў бойынша аймақларда шөлкемлестирилген исши топарлардың искерлиги үйренилмекте. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң басқарма баслығы У.Ибрахимов ҳәм Департаменттиң Қарақалпақстан басқармасы баслығы орынбасары Г.Холов Қоңырат районында болды.