Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Жәмийет раўажланыўында мәденият ҳәм көркем өнердиң орны шексиз.
Мәмлекетимизде  барлық тармақлар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

“Өзбекстан республикасы Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни” мүнәсибети менен Қоңырат районындағы пайызлы  орынлардың биринде байрам илажы болып өтти. Илажды район ҳәкими орынбасары Абат Мамутов ашып берер екен, бәршени байрам менен қутлықлап, келешектеги дөретиўшилик ҳәм жумысларында табыслар тиледи.

Район ҳәкимлиги тәрепинен тараў пидайылары ҳәм нураныйлары ҳүрмет жарлығы, естелик саўғалар менен сыйлықланды. Концерт бағдарламасы даўамында районлық мәденият болими тәрепинен жанлы қосықлар ҳәм бийтәкирар сахналық шығыўлар атқарылды.

Skip to content