Мақсет- фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийнлеў

Жәҳән базарларына шығарылатуғын өним әлбетте сапалы, фитосанитар таза өним болыӯы шәрт. Сонлықтан, ҳәзирги күнде экспортқа шығарылатуғын өнимлерди жетистириў ҳәм оларды зыянлы организмлерден қорғаў илажлары нәтийжели алып барылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң ҳәр бир қала ҳәм районларға ҳәм шегара постларға, сондай-ақ, сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постларына бириктирилген агроном-инспекторлары тәрепинен зыянлы органимлердиң кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў илажлары алып барылмақта.
Бүгин елимизде аӯыл хожалық тараӯында қызғын мийнет мапазы даӯам етип атырғанлығы себепли халықтың азық-аӯқатқа болған мүтəжлиги қанаатландырылмақта. Ҳəттеки, исбилермен дийқан, фермерлердиң мийнети нəтийжесинде жетистирилген өнимниң артығы экспортқа да шығарылмақта.
Шетке өним шығарып атырған исбилерменлик субъектлери ушын бажыхана, салық төлемлерин əмелге асырыӯ ушын қатар жеңилликлердиң жаратылыӯы экспорт көлеминиң жəне де артыӯына өз тəсирин көрсетпекте.
Сондай-ақ, республикамыз аймағында жетистирилмейтуғын, халықтың талабы жоқары болған өнимлер импорты да даӯам етпекте. Мине бул экспорт ҳəм импорт өнимлери Өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тəрепинен карантин көригинен өткерилип, тийисли тəртипте фитосанитар сертификатлары ҳəм карантин көриги актлери рəсмийлестирилмекте.
Мағлыӯмат орнында айтып өтиӯ орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Қоңырат районы сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты арқалы, өткен 2023-жылда 49174 м3 (метр куб) ағаш өними, 500 тоннадан артық азық-аўқат өнимлери импорт болып кирген болса, 3 мың тоннадан аслам аўыл хожалығы ҳәм ағаш өнимлери экспорт қылынған. Ал, усы жылдың I шереги даӯамында республикамыздан 227,2 тонна таяр ағаш өнимлери экспорт етилген болса, 8031 м3 ағаш ҳәм ағаш өнимлери, 517 тонна ун өнимлери импорт болып кирген.
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Қоңырат районы сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында карантин астындағы экспорт ҳəм импорт өнимлери өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тəрепинен тийисли тəртип-қағыйдаларға тийкарланып карантин көригинен өткериледи. Онда ҳәр бир карантин астындағы өним рəсмий тəртип тийкарында тексерилип, үлги алынады.
“Өсимликлер карантини ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, экспортқа шығарылып атырған ҳəм республикаға алып келинип атырған, карантиндеги зыянкеслер, өсимлик кеселликлери ҳəм жабайы шөплерди алып өтиӯи мүмкин болған туқымлар, өсимлик ҳəм өсимлик өнимлери ҳəм басқа материаллар Өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тəрепинен тексериӯден өткерилиӯи мəмлекетимиздиң фитосанитариялық қəӯипсизлигин тəмийинлеӯге хызмет қылады. Себеби, мəмлекетимизде жетистирилип атырған аӯыл хожалық өнимлериниң сапасы экспорт көлеминиң жəне де артыӯын тəмийинлейди.

Skip to content