Көшпели қабыллаў: мүрәжатларға унамлы шешим табыў механизми

Қоңырат районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Бекзод Мадаминов сектор аймағындағы “Ханжап” МПЖ да  пуқаралар менен нәўбеттеги көшпели қабыллаўын өткерди.
Көшпели қабыллаўда пуқаралар тәрепинен бәнтлик, үй-жай, кадастр хызмети, кредит ҳәм  басқа мәселелер бойынша мүрәжатлар етилип, олардың ҳәр бири айрықша қадағалаўға алынды.
Тийисли тараў ўәкиллери қатнасқан көшпели қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген 50 ден аслам мүрәжатлар тийисли қәнигелер тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды қанаатландырыў
илажлары көрилди. Көшпели қабыллаўда мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырымларына нызамлы түсиндириў берилди. Мүддет талап ететуғынлары болса тийисли жуўапкерлер тәрепинен үйренип шығылмақта.Тастыйықлап өтиў лазым, ҳәр ҳәптениң шийшемби күни Қоңырат районы ҳәкиминиң пуқаралар менен көшпели қабыллаўлары болып өтпекте.
Қулласы, ҳәр бир мүрәжат район ҳәкиминиң қадағалаўында.

 

Skip to content