Асты да дуз,үсти де дуз,
Жасап турған жеримиздиң,
Ашшы ғой деп налымаңыз,
Тамған маңлай теримизди.
Бирақ жетпес өз жериңе,
Қанша жаман дегенде де,
Бейиштиң тап нақ төрине,
Катеж қурып бергенде де…
И.Юсупов
Әлбетте, басқа аймақларға қарағанда Қоңырат районы климатының кескинлиги менен ажыралып турады, қысы жүдә суўық,ал жазы оғада ыссы.
Бәҳәр де әдетте кешигип келеди. Лекин, быйыл көклемзарластырыў ислери әдеттегиден ерте басланды. Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери тәрепинен көше- қыябанларға аймақтың ықлым шараятына шыдамлы әтир гүллер егилмекте. Бул әтирапқа шырай бағышлаў менен бирге , ҳаўаның тазалығын сақлаўда да үлкен әҳмийетке ийе.