САҲРАДАҒЫ ПИДӘКЕР АҚСАҚАЛ

762 хожалықта  3092 адам жасайтуғын “Қарақалпақстан” посёлка пуқаралар жыйыны  республикамыздың Қазақстан менен шегаралас арқа дәрўазасы. Ең алыстағы аймақ халқының турмыс пәраўанлығының асыўында әлбетте, посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Кутлы Кошымбетованың пидайылық көрсетип, ҳәр бир басламада ең дәслеп өзи басқаларға үлги болып атырғанлығын да айрықша атап өтиўимиз орынлы.
Кутлы Кошымбетова шаңарағында бес перзентти тәрбиялап камалға келтирип, ақлық, шаўлық сүйип отырған әдиўли ана.

-Исбилерменлик, үй алды қыйтақ жеринде мийнет етиў адамларды әсиресе , жасларды ҳәм физикалық ҳәм руўхый жақтан тәрбиялайды,-
дейди қаҳарманымыз.

“Эл-юрт ҳурмати”, “Дослық”орденлери, “Шуҳрат”медалы ийеси Қутлы Қошымбетованың көп жыллық мийнетлери баҳаланып ,мәмлекетимиздиң  ең жоқары сыйлықларына миясар деп табылыўы  ең шетки аймақта жасап ҳәм мийнет етип атырған хаял-қызларға деген ҳүрмет иззеттиң бир белгиси.

Skip to content