“Жарық сәўле берип атар таңларға,
Жарықлық,Наўрыздың байрамы келди…
Наýрыз тек ғана тәбияттың өзгериýи емес ,бәлким инсан қәлби ,руýхыяты хәм сана –сезиминиң де жаналаныý , пәклениý пасылы.Үлкемизге кирип келген бәхәрдиң дәслепки күнлерин және де пайызлы ететуғын Наýрыз қуýанышлары көп миллетли Қоңыраттың барлық орынларында хүкимлик етпекте.”Сүўенли” аўыл пуқаралар жыйынында аймақтағы көше басылар, кейўаны аналар тәрепинен шөлкемлестирилген “Әлем нурға толсын, сен менен ,Наўрыз!” атамасындағы сүмелек сейили көтериңки руўхта өткерилди. Байрам илажында 8-санлы мектеп жәмәәти тәрепинен миллий тағамлардан, қол өнери дөретпелеринен ибарат көргизбелер шөлкемлестирилип, миллий аяқ ойын, қосық, намалар атқарылды.
Бундай илажлар жасларымызды халқымыздың миллий қәдриятларына садықлық руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.