Олий Мажлис Сенаты ағзасы Б.Матмуратов Қоңырат районы кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты

Ушырасыўда 9-10 февраль күнлери Ташкентте болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық тоғызыншы ҳәм елиўинши  жалпы мәжилисинде додаланған мәселелер ҳаққында сөз етилди.
Атап өтилгениндей , мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийет турмысының барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин асырыўға қаратылған мәселелер көрип шығылып , бир қатар  нызамлар додаланғаны атап өтилди. Ҳәр қандай глобал шараятта инсан ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийнлеў,экономикалық турақлылықты сақлап қалыў,социаллық қорғаўды күшейтиў,жас әўлад тәлим-тәрбиясы сыяқлы бағдардардың ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириўге байланыслы бир қатар нызамлар сенаторлар тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылғанлығы айтылды.
Ушырасыўда жалпы мәжилисте додаланған усы ҳәм басқа мәселелер ҳаққында  кең түрде пикир алмасылды.

Сенатор Б.Матмуратов Қоңырат районындағы “Мыңжарған”мәкан пуқаралар жыйынында да болып,мәҳәлле жетилиги тәрепинен алып барылып атырған жумыслар менен танысты.Сондай -ақ, мәҳәлле белсендилери менен ушырасып,
елимизде мәҳәллениң абыройын еле де асырыў бағдарында қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-әҳмийети ҳаққында сәўбетлести.
Буннан соң 41-санлы мектепте болып,бул билим дәргайында жас әўладқа билим бериўде жаратылған шараятлар менен танысты.Оқыўшыларға әдебий китаплар саўға етилди.
Сондай-ақ,имканияты шекленген бир қатар инсанлардың ҳал-жағдайынан хабар алынып,оларға майыплылық арбашасы берилди

Skip to content