Президенттиң 2024-жыл 2-февральдағы “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы ПФ-28-санлы Пәрманыныӊ мазмуны әҳмийетине бағышланып жергиликли кеңес депутатларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Бунда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен халық депутатлары Кеңеслериниң қадағалаў функцияларын кеңейтиў мақсетинде оларға оннан аслам қосымша ўәкилликлер берилгенлиги атап өтилди.
Пәрманда Прокуратура, әдиллик, ишки ислер, қаржы, салық, экология ҳәм денсаўлықты сақлаў уйымлары басшыларының есап беретуғыны белгилеп қойылған. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери, жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымлары бир-биринен ажыратылғаны, ҳәкимиятлардың бөлиниўине байланыслы конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болғанлығы айрықша тастыйықлап өтилди.