Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың бүгинги гезектеги көшпели қабыллаўына үлкен үмитлер менен келген Жадыра Имашованың қуўанышында шек жоқ. Көп жыллардан бери үйинде жумыссыз отырған үш перзенттиң анасының мүрәжаты сол орынның өзинде шешилип, турақлы жумыс пенен бәнтлиги тәмийнленди.
Бүгинги қабыллаўда пуқаралардың медициналық, материаллық жәрдем, бәнтлик, оқыў контракт пулларын төлеў, электр тәмийнатын жақсылаў мәселелери бойынша
мүрәжатлары тыңланды. Олардың көпшилиги унамлы шешимин таўып,үйренип шығылыў зәрүрлиги болған мәселелер қадағалаўға алынды. Халық разылығы жолындағы жумыслар даўам етпекте.