Миллий армиямыз-мақтанышымыз

Бүгин Қураллы күшлеримиз қатарында хызмет етип атырған азаматларымыз бар екен, елимиз тыныш, халқымыз бахытлы. Себеби,олар шегарада сергек, жолларда қырағы.
Мәденият сарайында Өзбекстан Қураллы күшлериниң дүзилгенине 32 жыл толыўына бағышланған байрам илажы болып өтти. Онда район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып, бүгинги сәне ҳақыйқый мәнисте халқымызға тән болған Ўатанға садықлық, батырлықтың тымсалына айналып атырғанлығын атап өтти. Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қәўипсизлигин тәмийнлей алатуғын  миллий армиямыз  қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, қурал- жарақ, техникаларды пухта меңгере алатуғын әскерлер хызмет етпекте.
Байрам илажында район ҳәкимлиги тәрепинен бир қатар тараў алдыңғыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар берилди. Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасынан орын алған Ана Ўатанды жырлаўшы қосық, намалар байрамға өзгеше пайыз бағышлады.

 

Skip to content