“Рәўшан” аўылында уллы той

“Рәўшан” аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллығы мүнәсибети менен  байрам тамашалары ҳәм халық сейили болып өтти.Дәслеп аймақ халқы арасында “Жаңа нәпес”ғалаба жүриў илажы болып өтти. “Абат шаңарақ,абат көше,абат мәҳәлле”принциплери тийкарында аймақта  қурып питкерилген объектлер пайдаланыўға тапсырылды.Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов,Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Мусаев жыйналғанларды Бас нызамымыздың 31 жыллық байрамы менен қутлықлады.
Сондай-ақ , “Абат шаңарақ-абат көше -абат маҳәлле” принциплерин енгизиўде пидайылық көрсеткен бир қатар белсендилер,таңлаўлар ҳәм миллий спорт жарысларының  жеңимпазлары сыйлықланды.Илажда миллий кийимлер ҳәм миллий тағамлар көргизбелери,саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.Республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, миллий спорт ойынлары байрам қатнасыўшыларының қәлбине бир әлем заўық бағышлады.

 

Skip to content