“Партаў тартулы”фермер хожалығы ҳәм “Тоқымбет айтеке”ЖШЖ мәмлекетке пахта тапсырыў режелерин орынлады

“Шөжени гүзде сана”деп халкымыз бийкарға айтпаған.Гүз дийханларымыздың жыл бойы мийнетлериниң есабын беретуғын мәўсим.Бул дәўирде жетистирилген зүрәәт жыйнап алынып,келеси жылға таярлық көриледи.Усы күнлерде районымыздың барлық аймақларында пахта жыйын-теримине  қызғын пәт ендирилмекте.
Фермер хожалықларынан болса изли-изинен қуўанышлы хабарлар жетип келмекте.
Райондағы “Партаў тартулы”фермер хожалығы ҳәм “Тоқымбет айтеке”ЖШЖ мәмлекетке пахта тапсырыў режелерин артығы менен орынлап,республикада бириншилерден болып бәйги сызығына жетип келди.

Skip to content