“ӨЗБЕКСТАН” КӨШЕСИНЕ АСФАЛЬТ ҚАПЛАМАСЫ ТӨСЕЛМЕКТЕ

⚡️Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм мәҳәлле белсендилери, көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде өткерилген ушырасыўда бийлер район орайынан өтиўши Өзбекстан көшесин оңлаў бойынша өзлериниң усынысын билдирген еди.
Көп узамай, қысқа мүддет ишинде  оңлаý қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
Қоңырат районы жоллардан пайдаланыý yнитар кәрханасы тәрепинен Өзбекстан көшеси 4Н 106 автомобиль жолында қурылыс оңлаý жумыслары қызғын пәтлер менен алып барылмақта. Жолдың кеңейген бөлегиниң төменги қатламына ири даналы асфальт төсеý жумыслары жүргизилмекте.

Skip to content