Қоңырат районы пуқаралар жыйынлары баслықлары ушын «ТӘЖРИЙБЕ АЛМАСЫЎ» оқыў-семинары шөлкемлестирилди

Бүгин Қоңырат районы «Қоңырат» мәҳәллесинде тәжрийбе алмасыў семинары болып өтти. Семинарға район Камбағаллықты қысқарттырыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы Ж.Қурбаниязов, бөлим баслық орынбасары Е.Турдымуратов ҳәмде бәрше мәҳәлле баслыклары қатнасты. Семинарда пуқаралар жыйыны ҳаққында улыўма мағлыўмат берилди ҳәмде пуқаралар жыйынларында ҳүжжетлер менен ислесиў ҳәм атқарыў тәртибин дурыс жолға қойылғанлығы, сондай-ақ, пуқаралар жыйыны баслығы тәрепинен пуқаралар жыйыны кеңесин қәлиплестиргенлиги, жәмийетшилик комиссиялары ҳәм дүзилмелери искерлигин жолға қойыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир алмасылды.
Семинардан соң ҳәким жәрдемшиси тәрепинен исбилерменликти жолға қойыў бағдарында ҳәмде ҳаял-қызлар белсендисиниң басламасы менен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде алып барып атырған жумыслары, жаслар жетекшисиниң аймақтағы жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бойынша алып барып атырған жумыслары менен жақыннан таныстырылды.

Skip to content