Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022-жыл 6-сентябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар  менен тәмийинлениў дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын асырыўдың қосымша ис-илажалары ҳаққында” ғы 500-санлы қарарына тийкар, районда ишки жолларға қурылыс оңлаў жумыслары қолға алынып, көп жыллардан берли халықты қыйнап киятырған жоллар мәселеси өз шешимин таўып атыр.

Райондағы «Қашы» МПЖда жәми 1.16 километр ишки жоллардың жарамсыз аўҳалға келип қалғанлығы бойынша пуқаралардан бир нешше мәртебе мүрәжатлар келип түскен еди.

Бүгинги күнге келип, бул мүрәжатлар өз шешимин таппақта. Мәҳәлледеги ишки жоллар тегисленип, топырақ жоллар қум-щебенли жолларға айландырылмақта ҳәм әйне ўақытларда жоллардың 400 метрден аслам бөлеги толық саз ҳалатқа келтирилди.

 

Skip to content