Ҳәким ҳәм исбилерменлер

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында район ҳәкимлиги ҳәм саўда санаат палатасының басламасы менен “Ҳәким ҳәм исбилерменлер” ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға район ҳәкими Б.Мадаминов, Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм Бәнтлик министрлигиниң бөлим баслығы Б.Ильясов, ҳәким орынбасарлары, саўда санаат палатасы ўәкиллери ҳәм жуўапкер мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты. Онда сөзге шыққанлар усы жылдың 15-май сәнесинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиниклер берди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен көтерилген басламалар елимизде  кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң нәтийжели жаңа басқышы болып табылады. Әсиресе, 2023-жылдың 1-июнь сәнесинен баслап пүткил Республикамыз бойлап “20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге” бағдарламасының әмелге асырылыўы, онда исбилерменлерге берилип атырған салық ҳәм бажыхана жеңилликлери буннан былай да халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге өзиниң унамлы тәсирин тийгизетуғыны анық.

Ушырасыўда жуўапкер тараў ўәкиллери исбилерменлер менен ашық сәўбетлесип, олардың мүрәжатлары ҳәм пикир-усыныслары тыңлады. Соның менен бирге, әмелге асырылған жумыслар нәтийжелери үйренилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Skip to content