Ҳүрметли пуқаралар!
Усы жылдың 17-май күни саат 10:00де район ҳәкими Б.Б.Мадаминов ҳәм сектор басшыларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын ғалабалық қабыллаўы болып өтеди.
Қабыллаўға район аймағындағы мәкеме-шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери қатнасады.
Усы мүнәсибет пенен район ҳәкиминиң ҳәптениң ҳәр сийшемби күни өткерилиўи белгиленген қабыллаўы сәршемби күнине қалдырылады.
Мәнзил: Абу Али ибн Сина атындағы жәмийет саламатлығы техникумы
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети