Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 361-референдум участкасы 56-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген болып, бүгин усы посёлкада жасаўшы 80 жас пенен жүзлескен Тойдық Юсупова, Аманмурат Тулаев, Амангелди Оспановлар келешек әўладлардың бахты ушын даўыс берди.
– Соңғы жылларда кексе әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған итибар бизлерди руўхландырмақта. Атап айтқанда, күшли социаллық қорғаў ҳәм мүтәжлерге, жасы үлкенлерге ғамқорлық – мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары етип белгиленбекте, -дейди Т.Юсупова. – Мине, бүгинги референдумда да өзим участкаға келип, Ўатанымыздың раўажланыўы, келешек әўладларымыздың абадан турмыс кешириўи ушын даўыс бердим.
Сондай-ақ, посёлка пуқаралар жыйыны халқы да бүгинги өткерилип атырған референдумда белсене қатнасып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети