Район ҳәкими шаңарақ ағзалары менен биргеликте референдум участкасынан даўыс берди

Қоңырат районы хәкими Бекзод Мадаминов пуқаралық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда  шаңарақ ағзалары менен биргеликте “Мыңжарған” мәҳәллесинде жайласқан 318-санлы референдум участкасынан даўыс берди.

 

Аймақта жәми 1 мың 730  пуқара дизимге алынған болып, соннан 51 жас биринши мәрте даўыс береди. Сондай-ақ, 21 кексе жастағы ҳәм  майыплығы болған пуқараның даўыс бериўи шөлкемлестирилди.

 

Skip to content